ӨРТТИ ӨШИРИЎ УШЫН НАМАЗДЫ БУЗЫЎ МҮМКИН БЕ? #намаз
❓790-СОРАЎ: Намаз оқып атырған ўақытта өрт шығып кетсе, өртти тезлик пенен өшириў ушын намазды бузыў мүмкин бе?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Намаз оқыўшының ямаса басқа адамның жаны ямаса мүлкине анық қәўип туўылатуғын жағдайларда шәриятымыз намазды бузыўға руқсат береди. Бул ҳаққында "Мухтасар фил фиқҳил ҳанафий" китабында былай делинген:
يباح قطع الصلاة إذا خاف ضياع شيء قيمته درهم أو أكثر
яғный: "Қуны бир дирҳам (шама менен 0,425 грамм алтынның баҳасы) ямаса оннан да көбирек нәрсе жоғалып кетиўинен қорққан ўақытта намазды бузыўға руқсат бериледи".
Демек, сораўда соралған жағдайда да намазды бузыўға руқсат бериледи ҳәм жағдай сапластырылғаннан кейин бузылған намазды қайта оқыў керек. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы. ___ ЁНҒИННИ ЎЧИРИШ УЧУН НАМОЗНИ БУЗИШ МУМКИНМИ? #намоз
❓790-САВОЛ: Намоз ўқиб турган пайтда ёнғин чиқиб кетса, ёнғинни зудлик билан ўчириш учун намозни бузиш мумкинми?
💬 ЖАВОБ: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим. Намоз ўқигувчини ёки бошқа шахсни жони ёки молига аниқ хатар етадиган вазиятларда шариатимиз намозни бузишга рухсат беради. Бу ҳақда "Мухтасар фил фиқҳил ҳанафий" китобида шундай дейилган:
يباح قطع الصلاة إذا خاف ضياع شيء قيمته درهم أو أكثر
яъни: "Қиймати бир дирҳам (тақрибан 0,425 грамм тилланинг қиймати) ёки ундан кўпроқ нарса ҳалокатга учрашидан хавф қилинган пайтда намозни бузишга рухсат берилади".
Демак, саволда сўралган ҳолатда ҳам намозни бузишга рухсат берилади ва ҳолат барқарор бўлгандан кейин бузилган намозни қайта ўқилади. Валлоҳу аълам.
Ўзбекистон мусулмонлари идораси Фатво маркази.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz